2024-жыл 8-августь күни Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Социаллық Инспекция басқармасы менен биргеликте Нөкис қаласында жайласқан Ҳалықаралық Аэропортында ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде мониторинг жумысларын алып барды.

Мониторинг мақсети майыплығы болған шахсларға қолайлы ҳәмде тосықсызларсыз орталық  жаратылған шараятлардың талап дәрежесине сәйкеслигин үйрениў бойынша жәмийетшилик қадағалаў жумысларын алып барыў.

Мониторинг жумыслары даўамында майыплығы болған шахсларға жаратылған шараятлардың талап дәрежесинде емес екенлиги яғный Ҳалықаралық Аэропортың пандус стандартға жуўап бермейди, сурдоаўдармашының жоқ екинлиги анықланды ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде пандустың қолайлық дәрежеси жоқары екенлиги майыплығы болған шахслар ушын арабаша жоқ екенлиги анықланды.

Жәмийетшилик қадағалаўға Қарақалпақстан Республикасы Социаллық Инспекция басқармасы, Транспорт басқармасы Қарақалпақстан Республикасы бөлими ҳәмде Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлими қәнигелери қатнасты.

Видео YouTube:

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими