2024-жыл 9-август күни «Жипек жолы» мийманханасы конференц-залында «Майыплығы болған шахслардыӊ айрықша жағдайларда туўры ҳәрекет етиўи» атамасында бир күнлик семинар болып өтти.

Шөлкемлестириўшилер Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы айрықша жағдайлар басқармасы «Өмир қәўипсизлиги» оқыў орайы.

Семинардың мақсети майыплығы болған шахсларды айрықша жағыдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша ҳәмде майыплығы болған шахслардыӊ өзлерин айрықша жағдайлар ўақтында туўры ҳәрекет етиўге үйретиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды еледе жетилистириў.

– Бул машқаланы кең жәмийетшилик ҳәмде майыплығы болған шахсларға айрықша жағдайларда туўры ҳәрекет етиў бойынша үгит-нәсият етип барыў үлкен әҳмийетке ийе, дейди – Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық бөлими қасындағы "Мәденият ҳәм ағартыўшылық" бөлими баслығы З.Олимова.

Илажға Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы айрықша жағдайлар басқармасы «Өмир қәўипсизлиги» оқыў орайының, мәмлекетлик шөлкемлердиң жуўаплы хызметкерлери, жергиликли мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм ғалаба хабарлар қураллары ўәкиллери жәми 30 адам қатнасты.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими