Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте ислеп шығылған “Мәҳәлле жетилиги” ағзаларының мәҳәлледеги искерлигин нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы ушырасыўлар өткериў реже-кестесине тийкар бүгин Хожели районы ҳәкимлиги мәжилислер залында мәҳәлле жетилиги ҳәм көше бийлери менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда “Темир дәптер” арқалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў ҳәмде “Сақаўат ҳәм көмек” фонды есабынан қаржылар қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин жетилистириў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 31-майдағы 313-санлы қарарының мазмун әҳмийети;

– Министрлер Кабинетиниң 596-санлы қарары тийкарында киритилген өзгерис ҳәм қосымшалар ҳәмде “мәҳалле жетилигине”не жүклетилген ўазыйпалар;

– Кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем таярлаў мүддетлери;

– Балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдемлер ушын мүрәжат етиў ҳәм қабыл етилген арзаларды көрип шығыў тәртиби;

Мүтәжлиги бар шаңарақларға ысытыў мәўсиминде (ноябрь-март айларында) компенсация төлеп бериў тәртиплери ҳаққында кең түсиниклер берилди.

Ушырасыў реже-кесте тийкарында Республикамыздың барлық район (қала)ларында өткерилиўи режелестирилген.

Дерек: Социаллық қорғаоъ миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы