Хожели районындағы 3-санлы арнаўлы мектеп-интернатында айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған аўыр дәрежедеги денсаўлығында нуқсаны болған балалар ушын қысқа мүддетли “Ғамхорлық” топарының жумысы жолға қойылды.

Бул топарға қәнигелестирилген арнаўлы билимлендириў мәкемелерине қамтып алынбаған балалар қабыл етиледи. Олар тәжирийбели қәнигелер тәрепинен тәрбияланады ҳәм балалардың жәмийетке бейимлесиўине көмеклесиледи.

Бундай топарлардың ашылыўы биринши гезекте ата-аналарға бирнеше қолайлықлар жаратады, себеби олар майыплығы болған перзентлерин шөлкемлестирилген топарларға алып келип, жумыс ислеп шаңарағына дәрамат киргизиўине шараят жарататуғын болса, екинши тәрептен перзентлери исенимли қоллларда болады.

“Ғамхорлық” топары басқа да орынларда ашылыўы режелестирилген.

Дерек: Социаллық қорғаоъ миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы