Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 25-январьдағы “Өз алдына билим алыўға мүтәжлиги болған балалардың билим алыўларын шөлкемлестириў ҳәм оларды реабилитация қылыў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 46-санлы қарарына муўапық, Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикаси басқармасы жанында нәўбеттеги Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссиясы шөлкемлестирилди.
ПМПКның тийкарғы мақсети 2 жастан 18 жасқа шекем өз алдына билим алыўға мүтәжлиги болған балаларды комплекс Психологиялық-медициналық-педагогикалық тексериўинен өткериў ҳәмде мәмлекетлик билимлендириў мәкемелерине жибериў ушын жуўмақ бериў есапланады.
2024-жыл 11-сентябрь күни ПМПК тексериўинен өткерилген балаларға кеселлик диагнозлары бойынша Республикамыздағы көп тармақлы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жолламалар берилди.
Дерек: Социаллық қорғаоъ миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий