Соӊғы жылларда мәмлекетимизде майыплығы болған шахслардың хуқықларын қорғаў, күнделикли турмыс шараятын жақсылаў ҳәм майыплығы болған шахсларға өмирде тең имканиятлар жаратыў ушын бир қатар унамлы ис-илажлар әмелге асырылмақта.
2024-жыл 1-октябрден:
– реконструкция етилетуғын ҳәм ремонтланатуғын қала қурылысы искерлиги объектлериниң қала қурылысы ҳүжжетлери жойбарларының техникалық бөлими майыплығы болған шахсларға шараятлар жаратыў бойынша қала қурылысы норма ҳәм қағыйдаларында белгиленген талапларға муўапықлығы бойынша мәжбүрий экспертизадан өткериледи;
– ҳәр жылы “Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда” республика қаржыларының кеминде 10 пайызы көшелердиң кесилиспелеринде майыплығы болған шахслар (пиядалар) ушын қәўипсиз ҳәм тосықсыз орталық жаратыў бойынша қурылыс-ремонтлаў ҳәм үскене менен тәмийинлеў жумысларына бағдарланады.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта майыплығы болған шахслардыӊ айрықша жағдайлар ўақтында туўры ҳәрекет етиўге үйретиўши ҳәм де оларды айрықша жағдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша да бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Өзбекстан Майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы айрықша жағдайлар басқармасы менен биргеликте ҳәзирги күнде бир қатар унамлы жумыслар алып барылып, майыплығы болған шахсларды айрықша жағдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша жаратылған шараятларды үйрениў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларындағы емлеўхана, поликлиника ҳәм майыплығы болған шахслар билим алатуғын оқыў орынлары жәмийетшилик қадағалаў топары тәрепинен үйренилип шығылды ҳәм бүгинги күнде мониторинг жумыслары еле де даўам етпекте.
Жәмийетшилик қадағалаў топарлары кейинги 2 ай ишинде 22 объектти үйренген болса, солардан 18 объектте майыплығы болған шахсларды айрықша жағыдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша еле де исленетуғын жумыслары бар екенлиги анықланды.
Жәмийетшилик қадағалаў топарының жумысларын еле де жетилистириў мақсетинде 2024-жыл 26-август күни «Ташкент» мийманханасы конференц-залында «Майыплығы болған шахсларды айрықша жағдайлар ўақтында қәўипсиз эвакуация етиў бойынша жаратылған шараятларды үйрениў мақсетинде өткерилген мониторинг жумысларының нәтийжеси» атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.
Илаж Өзбекстан Майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Нуратдин АБИПОВ,
Өзбекстан Майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баспасөз хызметкери.
style="text-align: right;">Дерек: «Қарақалпақстан жаслары»
12 -сентябрь, 2024-жыл. №35-36 (8312)
Отправить комментарий
Отправить комментарий