2024-жыл 16-сентябрь күни Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы айрықша жағдайлар басқармасы менен биргеликте Нөкис қаласындағы арнаўлы билимге мүтәж болған (герең ҳәм шала еситиўши) балалар ушын қәнигелестирилген 4-санлы мектепте «Майыплығы болған шахслардың айрықша жағдайлар ўақтында туўры ҳәрекет етиўи ҳәмде оларды қәўипсиз эвакуация етиў» атамасында семинар өткерилди.

Семинарды өткериўден мақсет – еситиў органларында нуқсаны болған шахслардың өзлериниң айрықша жағыдайлар ўақтында туўры ҳәрекет етиўи ҳәмде оларды қәўипсиз эвакуация етиў бойынша майыплығы болған шахслардың психологиялық таярлығын, билим ҳәм көнликпелерин асырыў.

Илaжға Нөкис қаласындағы арнаўлы билимге мүтәж болған (герең ҳәм шала еситиўши) балалар ушын қәнигелестирилген 4-санлы мектептиң жоқары класс оқыўшылары жәми 50 адам қатнасты.

Видео YouTube:

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими