Коррупция машқаласы бүгинги күнде жәмийеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын тийкарғы факторлардың бири есапланады.
Бундай жаман иллетти болдырмаў ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, дәмегөйшилик ҳәм коррупцияның алдын алыў, усыған байланыслы ҳуқықбузарлықлардың келип шығыўына себеп болып атырған жағдайлар ҳәм оларды сапластырыў, жәмийетлик саламат орталықты қәлиплестириў мақсетинде Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм комплеанс қадағалаўын әмелге асырыў бөлими тәрепинен Басқармаға қараслы мәкеме, билимлендириў орынлары хызметкерлери қатнасыўында үгит-нәсият илажлары әмелге асырылмақта.
Усындай илажлардың бири Қарақалпақстан Республикаси медициналық социаллық эксперт комиссиясы, қала ҳәм районлараралық медициналық социаллық эксперт комиссиясы хызметкерлери ҳәм Хожели районында жайласқан 17-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми хызметкерлериниң қатнасыўында өткерилди.
Онда сөзге шыққанлар елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин және де арттырыў, жәмийетимиз раўажланыўы ушын коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларды анықлаў ҳәм тоқтатыў, буған имкан бериўши себеплерди сапластырыў, сондай-ақ, коррупция – раўажланыў тосығы екенлигин айтып, соль себепли мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиўдиң анық системасы жаратылғанлығы, бул бойынша көплеген қарарлар, пәрманлар, нызамлар қабыл етилип атырғанлығын айтып, бәршени бул жаман иллетке қарсы гүресиўде бийпәрўа болмаўға шақырды.
Дерек: Социаллық қорғаоъ миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий