Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 27-декабрь күнги “Өзгелер күтимине мүтәж кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетиў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-410-санлы қарарына тийкар, “Инсан” социаллық хызметлер орайлары ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте қоспа реже тастыйықланған еди.

Режеге тийкар кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға социаллық, мәдений хызметлерди көрсетиў, олардың спорт пенен шуғылланыўлары ушын шараятлар жаратыў, орынлардағы “Мәденият орайлары”ы, “Нуранийлер орайлары”нда арнаўлы дөгереклер шөлкемлестириў белгиленген.

Бүгинги күнде район (қала)лардағы “Инсан” социаллық хызметлер орайлары тәрепинен жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар ушын психологиялық семинарлар, шахмат-шашка дөгереклери, мәдений илажлар шөлкемлестирилмекте.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы