Усы жылдың 6-сентябрь күни Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлери миллий ассоциациясының аймақлық бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы менен биргеликте сайлаў нызамшылығы бойынша түсиндириў жумысларын алып барыў бойынша оқыў семинары шөлкемлестирилди.

Семинарды Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы Қ.Каримхожаев ашты ҳәм басқарып барды.

Семинарда сайлаў нызамшылығы бойынша түсиндириў жумысларын алып барыў, бақлаўшылар ушын миллий нызамшылық ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында бақлаўды әмелге асырыў, Олий Мажлис ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, районлық(қалалық) Кеңеслерине сайлаў бойынша сайлаў бюллетениниң формасы ҳәм сайлаў комиссияларының даўысларды санап шығыўы бойынша мәселе көрип шығылды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Орайлық сайлаў комиссиясы ағзасы Г.Нәўбетуллаева баянат жасады.

Сондай-ақ, оқыў семинарында участкалық сайлаў комиссиялары жайласқан имаратлар ҳәм ханаларды оңлаў, сайлаўда даўыс бериў тәртиби ҳәм оны өткериў бойынша түсиниклер берилди.

Семинарда бир топар журналистлер, ҒХҚның ўәкиллери қатнасты ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер бойынша пикир алмасты.

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги

Дерек: KKNEWS.uz – Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-сайты