Күни кеше Мойнақ районында мәҳәллелерде искерлик көрсетип атырған “мәҳәлле жетилиги” ҳәм тийисли жуўапкерлер қатнасыўында кәмбағаллықты қысқартыў менен байланыслы болған алдағы режелер ҳәм ўазыйпаларды белгилеп алыўға қаратылған мәжилис өткерилди.
Онда Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров, район ҳәкими Б.Менглибековлар қатнасып, Президент пәрманы (ПФ-143-санлы)нда белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар, халықтың турақлы бәнтлик ҳәм жоқары дәрамат табыўына ерисиў, жасаў шараятларын жақсылаў, ҳәр бир мәҳәлле бойынша индивидуал жол карталарын ислеп шығыў бойынша айтып өтип, тийсили жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Дерек: Социаллық қорғаоъ миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий