Хабарыңыз бар мәмлекетимизде жасларға көплеген имканият ҳәм жеңилликлер жаратылған болып, билимлендириў, спорт, исбилерменлик ҳәм басқа да бағдарларда жасларымыз қоллап-қуўатланбақта.

Әсиресе социаллық қорғаўға мүтәж, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды үй-жай менен тәмийинлеў бойынша бирқатар әмелий жумыслар алып барылды.

2024-жыл 10-октябрь күни Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы басламасы менен “Басшы ҳәм жаслар” ушырасыўы өткерилди. Онда Басқарма баслығы С.Данияров, Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Қ.Әзербаев ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Турсыновлар қатнасты.

Тийкарынан ашық сәўбетлесиў формасында болып өткен ушырасыўда бир қатар жаслар өзлериниң пикир-усынысларын билдирди. Атап айтқанда, жумыс пенен тәмийинлеў, жеңиллетилген кредит ажыратыў, студент-жаслардың шәртнама пулын төлеп бериў бойынша мүрәжат етти ҳәм басшылар тәрепинен мүрәжат қылған жасларға тез ўақыт ишинде жәрдем берилетуғынлығы атап өтилди.

Ушырасыў шеңберинде, жақында ғана Россия телеканалларының биринде өткерилген халықаралық вокал шоуында қатнасып қайтқан бир қатар жаслар мүнәсип хошаметленди.

Мағлыўмат орнында, Министрлер Кабинетиниң 656-санлы қарары тийкарында 2021-жылдан баслап жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың өмирде өз орнын табыў, оларға жақсы шараят жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекетимиз тәрепинен 18 жасқа толған балаларды турақ жай менен тәмийинлеў системасы жаратылды.

Қарақалпақстан Республикасы мысалында айтатуғын болсақ, 2023-жылда  жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған 45 жасқа турақ жай ажыратылып берилген болса усы жылы 71 жас турақ жай менен тәмийинленди.

Видео YouTube:

Материалды таярлаған:

М.Жиенбаева, А.Казахбаева А.Нурлымуратова
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлери

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы