Илажда 10 нан арртық Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналист ҳәм блогерлер қатнасты.

Дәслеп орай директоры Г.Юлдашев орайдың көрсететуғын тийкарғы хызметлери менен таныстырды.

Орайдың тийкарғы хызмети майыплығы болған пуқараларға организмниң түрли кеселлик ҳәм жарақатланыўлар ақыбетинде истен шыққан ямаса жоғалған функцияларын тиклеўге ҳәм оларды компенсация қылыўға, турмыс хызметин шекленгенлигин қайта тиклеў ушын жәрдем бериўге  тийисли реабилитация ис-режелерини әмелге асырыў болып табылады.

Соң пресс-тур қатнасыўшылары жақында ғана пайдаланыўға тапсырылған орайдың қосымша жаңа имараты менен таныстырылды.

Имарат Президентимиздиң 2022-жыл 30-декабрьдеги “2023-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы 465-санлы қарары тийкарында 8 млрд. 980 млн сўм қаржы есабынан жаңадан қурып питкерилди.

Бул қосымша имарат майыплығы болған шахсларға қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде лифт, операция блоги, лаборатория ҳәм наўқаслардың емлениўи ушын заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы