Республикамыздағы 10-санлы “Нурлы мәкан” мектеп-интернаты Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң арнаўлы қарары тийкарында 2001-жылы көзи әззи ҳәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернаты сыпатында шөлкемлестирилген болып, республикамыздағы көриўинде нуқсаны бар балалардың билимге болған ықласы ҳәм умтылысын қанаатландырыў ушын бағдарланған қутлы тәлим дәргайларынан есапланады.
Интернат тарийхына нәзер таслайтуғын болсақ, ол ең дәслеп, 80 орынға мөлшерленип ашылған ҳәм оның шөлкемлестирилиўинде сол ўақыттағы Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўи министри Бегдулла Султанов, сол ўақыттағы Қарақалпақстан Республикасы көзи әззилер жәмийети баслығы Есберген Тәңирбергенов, усы интернаттың дәслепки директоры Жақсыбийке Өтениязова, нураный устазлар Сәрсенбай Қадиров ҳәм Қуўатбай Шараповлар аянбай мийнет етип, жанкүйерлик көрсеткен. Бул инсанлар пүткил республикамыздағы көзи әззи балалар, сондай-ақ, мектеп-интернаттың барлық тәрбияланыўшылары ушын шын мәнисинде қаҳарманлық көрсеткен пидайы инсанлар десек алжаспаған боламыз. Себеби, бул оқыў дәргайы ашылмастан бурын республикамыздың оқыўшы-жаслары бурын көп ғана қыйыншылықларды бастан кеширип, Хорезм ўәлаяты ҳәм Ташкент қалаларына барып оқыўға мәжбүр болған.
Бул дәргайда өз кәсибиниң пидайысы болған көплеген муғаллимлер өз ўазыйпаларын шын кеўилден атқарып келмекте. Олардан Майра Көкенова, Лиза Инаева, Бағдагүл Тлеўова, Амина Идаева, Рано Тәжибаева, Ҳурлиман Реймкулова, Ахмет Аекеев, Венера Жийенбаева, Генжегүл Бердиева, Мийрихан Арзымбетова, Дәўран Утемуратов, Замира Қаниязова, Зульфия Жуманиязова, Жумахан Маўленова, Жамийла Сәрсенова, Камила Атаниязова ҳәм Венера Хожағуловалар келешегимиз болған жас әўладты кәмил инсанлар етип жетилистириў жолында нәтийжели жумыс ислеп келмекте.
Ҳәзирги ўақытта мектеп-интернат 200 орынға мөлшерленген. 150 орынлық 2 жатақхана имаратына ийе. Онда 258 оқыўшы заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта. Интернат жанында мектепке шекемги таярлық топары бар болып, онда бүгинги күнде 6 бала тәрбияланбақта. Бул топарда балалар оқыў қуралларынан пайдаланыў бойынша дәслепки көнликпелерге ийе болыў менен бирге ҳәрип ҳәм санларды үйренеди, пластилиннен түрли предметлер жасайды.
Мектеп-интернатта тәлим-тәрбия барысы коррекцион педагогика, дефектология жөнелиси, тифлопедагогика қәнигелигине ийе 88 муғаллим ҳәм 70 тәрбияшыдан ибарат педагоглар тәрепинен әмелге асырылады. Мектеп-интернатта тәлим қарақалпақ тилинде алып барылады. Педагоглардың барлығы жоқары мағлыўматлы. Мектептиң китапхана фондында 10800 китап бар болып, олар сабақлық, оқыў қолланбалары ҳәм көркем әдебий китаплардан ибарат.
Соның менен бирликте, оқыўшылардың саламатлығын тиклеў, сондай-ақ, өмирде еркин болыўға үйретиўши қосымша ис-илажлар әмелге асырылып келинбекте. Усы мақсетте коррекцион оқытыўшылар, логопедлер ҳәм психологлар тәрепинен жеке ҳәм командалық тәртипте 7 түрдеги коррекциялық шынығыўлар өтиледи. Ал, бул коррекциялық сабақларды өтиў арқалы көриўинде нуқсаны болған балалардың дөгерек әтирапқа ҳәм социаллық турмысқа бағдарлаў жумыслары алып барылады, және де, балалар өз-өзине хызмет етиўге үйретиледи, сондай-ақ, балалардың сөйлеўинде болған нуқсанларды дүзетиўде логопедиялық жәрдем көрсетиледи.
Бул дәргай тәрбияланыўшылары физикалық раўажланыўда имканияты шекленген болыўына қарамастан, олардың арасында имкансызлықтан имкан таўып, өз үстинде изленетуғын, жаңалық ашыўға қуштар, дөретиўшиликке шын ықлас қойған, алдына қойған мақсети жолында тынып-тыншымайтуғын оқыўшы-жаслар көпшиликти қурайды.
Спорттың дзюдо, миллий гүрес, жеңил атлетика, шахмат ҳәм шашка түрлеринен секциялар турақлы ислеп тур. Көркем өнерге қызығыўшы оқыўшылар ушын “Бәркамал әўлад” мектеби менен биргеликте Фольклор, Эстрада-вокаль, Аяқ-ойын, әдебий дөретиўшиликке қызығыўшы оқыўшылар ушын Жас қәлемкешлер дөгереги, ҳәр түрли пән дөгереклери, улыўмаластырып айтқанда 19 дөгерек шөлкемлестирилген болып, бул дөгереклерге қатнасыўшы оқыўшылар саны күннен-күнге көбеймекте. Балаларды социаллық турмысқа таярлаў ҳәм мийнетке үйретиў мақсетинде Тири жәниўарлар дөгереги шөлкемлестирилген болып, бунда балалар үй ҳайўанлары таўық, қой ҳәм қоянларды бағыўды ҳәм оларды көбейтиў арқалы ҳәзирги заман талабы болған жеке исбилерменлик сырларын тәжирийбеде сынап көрмекте. Буннан мақсет биреў – имканияты шекленген балалардың жәмийетте өз орнын дурыс табыўы, келешекте өзин ҳәм шаңарақ ағзаларын материаллық жақтан тәмийнлеўине өз үлесин қоса алыўына көмеклесиўден ибарат. Тәрбияланыўшылардың күн тәртиби реже тийкарында дүзилген болып, бос отырған жасты ҳеш те ушыратпайсаң. Азанғы ўақыттағы дене шынықтырыўы, таңғы ас, сабақ барысы, түски ас, спорт, пән ҳәм дөретиўшилик дөгереклери, кешки чай, тәрбиялық саат, кешки ас, үйге тапсырмасын таярлаў ушын тәрбияшылар көмеги де жолға қойылған болып, олар оқыўшыларды сабаққа таярлайды, керекли жәрдем ҳәм мәсләҳәтлерин берип барады.
Мектеп интернатында киши баспахана шөлкемлестирилген болып, 2022-жылдың октябрь айында Брайль әлипбеси негизинде әдебиятларды басып шығарыў, республикамызда Брайль принтерлеринен пайдаланыў ҳәм қәнигелердиң билимин жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасының Куала-Лумпур қаласындағы елшиханасы тәрепинен Малайзияның «Index Braille Technology» компаниясы директоры Лау Анна мектеп-интернатта мийманда болды. Мийманлар «Index Braille» Брайль принтерлеринен пайдаланыў ҳәм де техникалық жәрдем көрсетиў бойынша тренинг өткерди.
Шынында да, соңғы жыллары мәмлекетимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында имканияты шекленген инсанларды қоллап-қуўатлаў, әсиресе, көзи әззи ҳәм көриўде нуқсаны бар балалардың жәмийеттеги орнын беккемлеў бойынша зәрүр ис-илажлар әмелге асырылмақта. Бул бағдардағы реформалардың избе-излиги ҳәм системалылығын тәмийинлеў, көзи әззи ҳәм шала көриўши балалардың тәлим алыўы ушын жаратылған шараятларды және де жақсылаў, олардың жәмийетке бейимлесиўине жәрдемлесиў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде, 2022-жыл 18-апрельде ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 209-санлы қарары қабыл етилди ҳәм қарарға тийкар мектеп-интернатлар Ишки ислер министрлигине аталыққа берилип, онда мектебимиз “Нурлы мәкан” мектеп-интернаты деп жүргизилиўи белгилеп берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен 42 бәнттен ибарат “Жол карта”сы ислеп шығылды. Жол картаға тийкар мектепке видеобақлаў камералары орнатылды.
Гейде төрт мүшеси саў ересек инсанлар бола турып, үлкен гүзар жолларда машиналардың көплиги себепли жолдан өтиўде албырақлап, қыйналамыз. Ал, көзи әззи инсанлар ушын бундай жағдайда жол сериги болмаса, әлбетте, жолда ҳәрекетлениў қыйыншылық туўдырары аттан анық. Усындай қыйыншылықлардың алдын алыў мақсетинде “Жол карта”ның 14-бәнтине тийкар көзи әззи оқыўшылардың жолларда еркин ҳәрекетлениўин арнаўлы даўыс шығарыўшы светафорлар ҳәм де басқа да жол белгилери арқалы үйретиў ушын арнаўлы майданшалар қурып берилди.
Финанс министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген “Басламалы бюджет” – бул халықтың исенимин ақлаған жойбар болып, ол арқалы пуқаралар өз аймақларындағы инфраструктураны жақсылаў, ишки жолларды оңлаў, мектеплерди реконструкциялаў ҳәм үскенелеў, балалар майданшалары, спорт майданшалары ҳәм басқа да мәселелер бойынша жойбарларын усыныс етип, жергиликли бюджеттиң бөлистирилиўинде қатнасыў имканиятына ийе болмақта. 2019-жылы старт берилген усы жойбарға ажыратылып атырған бюджет қаржылары жылдан-жылға асып бармақта. “Нурлы мәкан” мектеп-интернаты жәмәәти 2023-жылы 18-март күнги жәрияланған “Басламалы бюджет” мәмлекетлик жойбарының 1-басқышына “Көзи әззи инсанлар ушын 5х5 жасалма қапламалы футбол майданшасы (Газон), ҳәм Workaut майданшасын қурыў” усынысы менен қатнасып, усы жойбардың “Бир киси бир даўыс” қағыйдасын сақлаған ҳалда даўыс жыйнап, нәтийжеде майданша қурылысы ушын мәмлекетлик бюджеттен 910 млн сум жеңип алды. Майданшаның қурылысы 2023-жылдың 27-июлында басланып, 1-октябрь “Муғаллимлер ҳәм устазлар күни” байрамы кешесинде салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Сондай-ақ, арнаўлы тактил қапламалы жол ҳәм перила және реконструкция жеңип алынды.
Мектепти өткен жылы 44 оқыўшы питкерип, соннан 39 ы студент болды. Кеўил көзи ашық барлық талантлы оқыўшыларымыздан үмитимиз көп.
Мектеп-интернатында бүгинги күнде «INҒRATUZILMANI RIVOJLANTIRISH INJINIRING KOMPANIYASI» мәмлеклик мәкемеси тәрепинен OOO «SANJAR DIYOR BULDING» мәкемесине буйыртпа берилип бүгинги күнде 200 орынлық оқыў имараты ҳәмде спорт зал қурылыс жумыслары алып барылмақта.
Дерек: Qaraqalpaqstan Jasları gazetası
Отправить комментарий
Отправить комментарий