Хийўа тарийхый естеликлери, әййемги Ийшан қаласындағы қалалардан бири есапланады. Бул қалада Хийўа ханларының бир неше сарайлары да бүгинги күнге шекем сақланып қалған.
Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районы ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмиети Елликқала районлық бөлими тәрепинен имканияты шекленген шахслар ушын Ишен қала бойлап саяхат шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятларынан 14 дан аслам имканияты шекленген шахслар ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.
Бизге белгили, мәмлекетимиз тәрепинен халықтың барлық қатламларына, соның ишинде, майыплығы болған шахслар ушын тосқынлықсыз туризм инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм олардың саяхат етиўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша илажлар бағдарламасы шеңберинде физикалық имканияты шекленгенлердиң ҳуқықларын ҳәр тәреплеме қорғаў, жәмиетте өзиниң мүнәсип орнын иелеўи ушын зәрүр социаллық, сиясий-экономикалық шараятларды жаратыў мәселесине айрықша итибар қаратылып келинбекте.
Шөлкемлестирилген бул саяхат арқалы имканияты шекленген шахслар Хийўаның әемги тарийхын үйрениў, өзине тән архитектуралық естеликлери менен танысыў менен бир қатарда, Хийўаның ишки қала (Шаҳристан) бөлими. Ийшан қала қаланың Дишан қала (сыртқы қала) сына барыў имканиятына ийе болды.
– Ийшан қала Уллы Жипек жолындағы Өзбекстанның әемги қалаларынан бири – Хийўаға саяхатқа келдик. Саяхатымыз даўамында Ийшан қаланың 4 дәрўазасы Бақша дәрўаза, Палўан дәрўаза, Тас дәрўаза ҳәм Ата дәрўазалары ҳаққында кеңирек мағлыўматларға ийе болдым. Бул саяхат даўамында майыплығы болған шахслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ҳәм мәдений дем алыўы ушын тийкар болды - дейди Инобат Атабаева "Суҳбатдошларим" Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты бойынша майыплығы болған шахслар ушын арнаўлы сәўбетлесиў топарының жетекшиси.
Саяхаттың жуўмағында Араб Муҳаммедхан ҳәм Муса Төре медреселеринде Қуран оқылып, Муҳаммед Раҳимхан, Муҳаммед Аминхан, Муҳаммед Амин Инақ ҳәм Матпанабай медресеси ҳаққында улыўма мағлыўматлар берилди.
Саламат АВЕЗОВ,
Өзбекстан Майыплар ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими қәнигеси.
Отправить комментарий
Отправить комментарий