Президент тапсырмасы менен ҳәрбир басшыға социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар бириктирилип, олардың турмыслық жағдайын жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров Кегейли районы “Қумшүңгил” мәҳәллесинде жасаўшы өзине бириктирилген шаңарақлардан хабар алды.
Шаңарақ ағзаларының машқалаларын үйренип, оларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша усынысларын билдирди. Шаңарақтың жумысқа жарамлы ағзаларын жумыс пенен тәмийинлеў, медициналық жәрдемлер көрсетиў, 2 шаңарақтың қазанханаларын ремонтлаў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм соль күнниң өзинде илажлар баслап жиберилди.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий