Усы жылдың 25-27 ноябрь күнлери Наманган ўәлаятында пара стол теннис бойынша жаслар ҳәм ересеклер ортасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Чемпионат нәтийжелерине көре Қарақалпақстан Республикасы пара спортшылары 23 медаль соннан 9 алтын, 7 гүмис, 7 қола медалларын қолға киргизип, улыўмалық есапта Өзбекстан Республикасы бойынша бириншиликке еристи.

Нөкис темир жол вокзалында спортшы жаслар кең жәмиетшилик ўәкиллери тәрепинен салтанатлы күтип алынды.

Өз гезегинде Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмәәти атынан спортшыларымыздың ерискен жетискенлиги менен қутлықлап, алдағы жарысларда буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўин тилеп қаламыз.

Видео YouTube:

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы