Алдын хабар бергенимиздей, Нөкис қаласы тәжирийбеси тийкарында басланған коучинг барлық районлық “Инсан” социаллық хызметлер орайлары тәрепинен даўам еттирилмекте.
Мақсет “Инсан” социаллық хызметлер орайларына келип түсип атырған ең көп мүрәжатлар бойынша пуқаралар менен сәўбетлесиў арқалы түсиниклер бериў болып есапланады.
Қанлыкөл ҳәм Шоманай районында өткерилген илажда социаллық напақалар, санаторийларға жоллама алыў, “Сақаўат ҳәм көмек” фонды қаржыларынан жәрдем көрсетиў, майыплығы болған шахсларды реабилитация қылыўдың техникалық буйымлары менен тәмийинлеў ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға газ ҳәм электр энергиясы ушын компенсация төлениўи бойынша қәнигелер тәрепинен кең түсиниклер берилди.
Сондай-ақ, илаж даўамында интерактив ойынлар өткерилип, пуқаралардың арасынан қатнасыўшылар таңлап алынды ҳәм олар социаллық хызметкер ҳәм мүрәжатшы ўазыйпаларын атқарып, алған билимлерин беккемледи.
Илаж соңында белсене қатнасқан пуқаралар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.
Видео YouTube:
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий