Мойнақ ҳәм Қоңырат районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы тәрепинен шөлкемлестирилген коучингте мәҳәлле белсендилери, көше бийлери қатнасты.

Илажды өткериўден мақсет “Инсан” социаллық хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилип атырған хызметлерди таныстырыў, пуқаралар тәрепинен келип атырған мүрәжатларға қәнигелер тәрепинен кең түрде түсиниклер бериў болып есапланады.

Илаж даўамында пуқаралар кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жардем, санаторийларға жолламалар бериў, “Сақаўат ҳәм көмек” фонды есабынан көрсетилетуғын жәрдемлер ҳаққында түсиниклерге ийе болды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы