Нөкис қаласындағы "Дослық" үйиндеДаун синдромы ҳәм Аутизм диагнозы бар болған майыпларға көмеклесиў "ДАУТ" Қарақалпақстан орайы Жоқарғы Кеңеси жамийетлик фонды қаржыландырылыўы есабынан «Биргеликте еплеймиз» жойбары тийкарында Даун синдромы ҳәм Аутизм диагнозы бар болған балалардың сөйлеў ҳәм пикирлеў қабылетин раўажландырыў ушын логопед сабағы шөлкемлестирилди.

Мақсет ақылый раўажланыўда нуқсаны бар балалардың қол маторикасын ҳәм пикирлеў қабылетин раўажландырыў арқалы сөйлеў рефлекслерын қәлиплестириў. Ата-аналарына балалар менен ислесиў методлары ҳаққында толық мағлыўматлар бериў.

Заманагөй логопедияда, майыплығы болған балалардың сөйлеў ҳәм пикирлеў қабылетин раўажландырыў ушын, интерактив методларды 4 тандем арқалы әмелге асырыў керек. Яғный бала, ата-ана, логопед ҳәм психолог. Ең баслысы баланың ақылый раўажланыўы ушын, туўры атмосфера жарата алыў керек.

Балалар пикирлеўи ҳәм дыққатын бир жерге жәмлей алыўы ушын, ойын ўақтында олар менен сөйлесиў арқалы өзлери туўры қарар қабыл етиўине түртки бериў керек

Дерек: Өзбекистан мәмлекетлик емес
коммерциялық емес шөлкеми
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими