1991-жыл 18-ноябрь күни Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилген еди. Быйыл бул сәнеге 33 жыл толыўы мүнәсабети менен “Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы” жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Г.Турсымуратова ҳәм жәмийетлик бирлеспеси белсенди ағзалары илаж байрам өткерилди.

Илажға “Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы” жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими белсенди ағзалары ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.

Илажди “Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы” жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Г.Турсымуратова ашып берип, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады.

Соң, “Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы” жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими белсенди ағзалары ҳәм олардың ата-аналары Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы ҳәм “Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы” жәмийетлик бирлеспеси логотипыны бәлент көтердилер.

Саламат АВЕЗОВ,
Өзбекстан майыплар ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң жуўапкер қәнигеси.