Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тәрепинен өткерилип атырған 2024-жылдың “Ең жақсы социаллық баслама” Республика көрик-таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы жуўмақланды.

Ташкент қаласында таңлаўдың сыйлықлаў мәресими болып өтти. Таңлаў жуўмағына бола, Нөкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайы танлаўдың “Ең жақсы социаллық басламашы мәмлекетлик басқарыў органы” номинациясы жеңимпазы деп табылды.

Жеңимпазларға берилетуғын диплом ҳәм естелик саўғаларын “Инсан” социаллық хызметлер орайы директоры Бахиева Гулзира Аминовна қабыллап алды.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмәәти ҳәм барлық кәсиплеслер атынан Нөкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайын бүгинги қолға киргизген жоқары нәтийжеси менен қутлықлап, алдағы жумысларында табыслар тилеймиз.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы