Нөкис қаласы ҳәкимлигинде өткерилген ашық сәўбетлесиўде Басқарма баслығы С.Данияров дәслеп жаңадан жумыс баслап атырған мәҳәлледе комплекс социаллық хызметлер көрсетиўши социаллық хызметкерлерди қутлықлап алдағы жумысларында табыслар тиледи.
Соң Нөкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайы, социаллық хызметкерлердиң алып барып атырған жумыслары, жетискенликлер, жол қойылған қәте-кемшиликлер сын көз-қараста қарап шығылды.
Мәҳәллелерде социаллық хызметлердиң көрсетилиўин еле де жақсылаў, жаңа хызметлерди косыў бойынша пикир ҳәм усыныслар тыңланды.
Мағлыўмат орнында, Нөкис қаласында усы жылдың 10 айы даўамында социаллық хызметкерлер тәрепинен 2159 кейслер ашылып, хызмет көрсетиў ҳәм жәрдем көрсетилиўи нәтийжесинде жабылған кейслер саны 1737 ни қурайды.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий