2024-жыл 30-ноябрь күни Нөкис қаласындағы 1-санлы жас өспиримлер спорт мектебинде “3-декабрь – Халықаралық майыпларды қорғаў күни” мүнәсибети менен майыплығы болған балалар ҳәм үлкен жастағылар арасында “Спорт ҳәмме ушын ҳәм ҳәр биримиз ушын” сүрени астында спорт жарысы өткерилди.
Оның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң ғалабалық спорт жарысларын шөлкемлестириў бөлиминиң баслығы И.Қудияров, “Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы” жәмийетлик бирлеспеси бас хаткери А.Казакова, “Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы” жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Г.Турсымуратова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде майыплығы болған шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың саламатлығын беккемлеў, спорт пенен шуғылланыўы ушын жаратылып атырған шараятларға тоқтап өтти.
Жарысқа спорттың женил атлетика, стол тенниси, волейбол, бадминтон, шашка, кеўилли стартлар түрлери бойынша жарысты.
Қызықлы өткен жарыс жуўмағында барлық спорт түрлери бойынша жеңимпазлар анықланды. Оларға Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги, “Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы” жәмийетлик бирлеспеси ҳәм қәўендер исбилерменлер тәрепинен саўғалар тапсырылды.
Жарыс қатнасыўшыларына “Граф” тойхансында байрам дастурханы жайылды.
Видео YouTube:
Саламат АВЕЗОВ,
Өзбекстан Республикасы Майыплар ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими жуўаплы қәнигеси.




Отправить комментарий
Отправить комментарий