Медицина хызметкерлери күни” мүнәсибети менен Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы системасындағы шөлкемлерде искерлик алып барып атырған хызметкерлер Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.
Атап айтқанда кекселер, майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын “Тақыятас” санаторийсы шыпакери Хабибуллаева Роза Көшкинбаевна - “Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў ағласы” көкирек белгиси;
Шымбай еркеклер “Мүриўбет” интернат үйи шыпакери Торешова Гулсаўир Уббиниязовна - Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги Алғыснамасы;
Қарақалпақстан Республикасы Социаллық-медициналық эксперт комиссиясы баслығы Сугралиев Аяпберген Ганиевич – Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги Алғыснамасы менен сыйлықланды.
Өз гезегинде сыйлықланғанларды Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмәәти ҳәм барлық хызметкерлер атынан қутлықлап, алдағы жумысларында табыслар тилеймиз.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий