2024-жыл 27-декабрь күни Нөкис қаласында Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2024-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жылда әмелге асырылыўы лазым болған тийкарғы жумыс бағдарларын белгилеп алыўға қаратылған мәжилис өткерилди.


Онда Басқарма баслығы С.Данияров, Агентлик директорының мәсләҳәтшиси Ш.Абдуллаэв, басқарма хызметкерлери, “Инсан” Социаллық хызметлер орайы директорлары ҳәм сектор баслықлары қатнасты.

Дәслеп Басқарма баслығы С.Данияров тәрепинен 2024-жылда әмелге асырылған жумыслар, тийкарғы көрсеткишлер, жетискенлик ҳәм жол қойылған қәте-кемшиликлер сын көз-қарастан көрип шығылды.

Соң мәжилис қатнасыўшылары Басқарманың сектор баслықлары тәрепинен ҳәрбир жөнелис бойынша 2025-жылда әмелге асырылыўы лазым болған жумыслар бойынша таярланған презентаcиясы менен таныстырылды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы