Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан қәдири, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж пуқараларға ғамхорлық көрсетиў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған.

Бул бағдарда барлық пуқараларымыз сыяқлы имканияты шекленген ўатанласларымызға итибар ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша кеўил бөлинбекте. Оларға барқулла итибар қаратылып, бар мүмкиншиликлер жаратылып атыр.

Бүгин Нөкис қаласындағы зәўлим орынлардыӊ биринде “3-декабрь – Халықаралық майыплар күни” мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, мәмлекетимизде ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайтуғынлығын атап өтти.

Байрам илажында қатнасыўшыларға баҳалы саўғалар тапсырылды. Көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға хош кейпият бөлисти.

Видео YouTube:

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Нызам шығарыўшы жоқары мәмлекетлик ҳәкимият уйымы рәсмий сайты