Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңэси комитет баслығы М.Атамуратов ҳәм Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияровлар Республикалық балалар емлеўханасына барды.

Бул жерде емленип атырған балаларды кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, елимизде ҳәр бир бала ҳүрметли Президентимиздиң итибарында ҳәм ғамхорлығында экенлигин атап өтти ҳәм Президент саўғаларын тапсырды.

Жаңа жылды ҳәммемизден де асыға күтетуғын балаларымыз. Байрам саўғасын алыў олар ушын бир өмирлик умытылмас ўақыялардың бири болып қалады. Жаңа жылда бәршемиздиң тилегимиз ҳешбир бала аўырмасын!

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы