Ҳәр жылы “3-декабрь – Халықаралық майыплар күни” республикамыз бойынша орынларда кең түрде белгиленип келинбекте.

2024-йил 3-декабрь күни Бүгин Нөкис қаласындағы «Имкон» реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде сәне мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбайев қатнасты.

Елимизде ҳеш бир бала итибардан шетте қалмайды. Аралбойы балалары ушын арнаўлы қурылған бул реабилитация орайына ийе балалар бақшасында да бир қатар тәрбияланыўшылар оқып, билим алмақта. Сондай-ақ, саламатлығын тиклеп атыр. Балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Олардың саламатлығы турақлы қадағалаўға алынған ҳәм тәжирийбели медицина хызметкерлери менен педагог устазлар күн-түни аянбай мийнет етпекте.

“Имкон” шөлкеминде өткерилген илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен балаларға сәне мүнәсибети менен саўғалар тапсырылды.

Байрам илажы балалардың атқарыўындағы коньцерт бағдарламасы менен даўам етти.

Видео YouTube:

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети