Даун синдромы ҳәм Аутизм диагнозы бар болған майыпларға көмеклесиў "ДАУТ" Қарақалпақстан орайы Жоқарғы Кеңеси жамийетлик фонды қаржыландырылыўы есабынан «Биргеликте еплеймиз» жойбары тийкарында Даун синдромы ҳәм Аутизм диагнозы бар болған балалардың денсаўлығын беккемлеў мақсетинде спорт шынығыўлары 2024-жылдың июль-ноябрь айлары аралығында шөлкемлестирилип келинди.
Бул түрдеги спорт шынығыўларын Даун синдромы ҳәм Аутизм диагнозы бар болған балалар ушын шөлкемлестириў, жәмийетке бейимлесиўге ҳәм өз теңқорлары менен қарым қатнас орнатыўға жәрдем береди.
«Биргеликте еплеймиз» жойбары соңында бәрше қатнасыўшыларға миннетдаршылық билдирилип алдағы ўақытта спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын ата-аналарға ҳәм балаларға спорт кийимлери саўға етилди.
Дерек: Өзбекистан мәмлекетлик емес
коммерциялық емес шөлкеми
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими
Отправить комментарий
Отправить комментарий