Усы жылдың 4-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында Өзбекстан "Арнаўлы олимпиада" жәмиетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте "Ҳәр бир бала Өзбекстан итибарында," "Меҳир қуяшынан бахыт тапқан инсанман" темаларында жас естрада қосықшылары ҳәм имканияты шекленген балалар ҳәм жаслар атқарыўында қайырқомлық коньцерт бағдарламасы болып өтти.
Консерт бағдарламасын тамаша етиў ушын Нөкис қаласындағы 4-санлы еситиўде кемшилиги болған балалар мектеп-интернаты, 6-санлы мәденият үйиниң тәрбияланыўшылары, 10-санлы "Нурлы мәкан" көзи әззи ҳәм кем көруўши балалар мектеп-интернаты, Хожели районындағы 17-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшылары, Нөкис қаласындағы үй шараятында тәрбияланып атырған балалар жәми 100 ден аслам балалар ҳәм жаслар қатнасты.
Буннан тысқары, усы күни өзгеше қызлардың қол өнерлериниң көргизбеси ашылды. Соң Нөкис қаласындағы "Томарис" ресторанында байрам дастурханы шөлкемлестирилди.
Видео YouTube:
Дерек: Өзбекстан Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер
Миллий ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими
Отправить комментарий
Отправить комментарий