Қарақалпақстан Республикасында “Инсан“ социаллық хызметлер орайлары супервайзерлери ушын 5 күнлик тренинг шөлкемлестирилди.
Усы жылдың 24-28-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасы район ҳәм қалаларындағы “Инсан“ социаллық хызметлер орайларында Социаллық қорғаў системасы хызметкерлериниң маманлығын арттырыў орайы тәрепинен шөлкемлестирилген тренинг даўамында ҳәр қыйлы әмелий шынығыўлар ҳәм реал жағдайларды таллаў арқалы өз-ара пикир алысып, тәжирийбе арттырыўға имканиятлар жаратылды.
Өткерилген ҳәр бир семинар-тренинглерде супервайзерлерге олардың тийкарғы ўазыйпалары, супервизияны шөлкемлестириўдиң әҳмийетли тәреплери, сондай-ақ, социаллық искерлик тараўына байланыслы әҳмийетли темаларда теориялық билим ҳәм әмелий көнликпелер берилди.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий