Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң тийкарғы жумыс бағдарларынан бири бул социаллық тараўда искерлик көрсетиўши мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер менен тығыз ислесиў, зәрүр болса оларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат.
Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бул бағдарда мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер менен бирге ислесиўди жолға қойған ҳәм олар менен турақлы түрде ушырасыўлар өткерип, әмелге асырылған жумыслар додаланып келинбекте.
Бүгинги өткерилген ушырасыўдың тийкарғы мақсети грант жойбарларын жазыў, киши жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныслар менен бөлисиў болды.
Майыплығы болған пуқараларға барлық жәмийетлик орынларда мүнәсип шараятлар жаратыў, адаптив спортты раўажландырыў, бәнтлигин тәмийинлеўга қаратылған жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныслар билдирилди.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий