Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров басқарманың сектор баслықлары менен бирге орынларға шыққан ҳалда “Инсан” социаллық хызметлер орайларының искерлиги, 2025-жыл әмелге асырылатуғын жумыслары менен таныспақта.

Дәслеп Тахтакөпир районындағы “Оразбай ата мед клиника” жеке меншик клиникасында “үйде” ҳәм “күндизги қатнаў” хызметлерин жолға қойыў нийетин билдирген исбилермен ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги күтим хызметин шөлкемлестириў нийетин билдирген “Бахбергенова Бағыла” жеке меншик балалар бақшасы ийеси менен ушырасты ҳәм усынысларын тыңлады, сондай-ақ спорт мектебинде шөлкемлестирилген адаптив спорт пенен шуғылланыў ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы