Усы жылдың 30-январь 7-февраль күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың Армрестлинг ҳәм пара армрестлинг түринен барлық жас категориялар арасында Жәҳән кубогы беллесиўлери болып өтти.
300 ге жақын имканияты шекленген спортшыларды өзинде жәмлеген кубог гүреслеринде пара армрестлинг бойынша Өзбекстан сайланды командасы қурамында 6 спортшымыз қатнасып, Қарақалпақстанға 2 медалды алып келетуғын болды.
Атап айтқанда, Төрткүл раёны спорт мектебинен М.Артиқбаева 50 кг. салмақ категориясында оң қолда 1-орынды ийелеп алтын медаль ийесине айланды. Н.Хужамуратов болса 100+ кг. салмақ категориясында оң ҳәм шеп қолда сыйлы 3-орынды иелеп, қола медалды өз eсабына жазып қойды.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий