Өзбекстан Республикасы Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров Әмиўдәря райондағы “Гүлзар” мәҳәллеси социаллық хызметкери тәрепинен ең аўыр категориядағы шаңарақларға ашылған кейслер менен танысты.

Сондай-ақ Әмиўдәря районы “Бостан” мәҳәллесинде “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысып, реестрге киритилген шаңарақлар менен ушырасты ҳәм бул шаңарақларға көрсетилетуғын хызметлер бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Соң Әмиўдәря районы мәҳәллелеринде искерлик көрсетип киятырған социаллық хызметкерлер ушырасыў өткерилди. Ушырасыў даўамында орай директоры Ғ.Дуйсенбаев ҳәм орайдың сектор баслықлары “Инсан” орайының 2025-жылға белгиленген режелери менен таныстырды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы