Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров басқарманың сектор баслықлары менен бирге орынларға шыққан ҳалда “Инсан“ социаллық хызметлер орайларының искерлиги, 2025-жыл әмелге асырылатуғын жумыслары менен таныспақта.
Тақыятас районындағы дәслепки мәнзил бүгинги күнде “Тўрткўл хайрият қурилиш“ ЖШЖ тәрепинен капитал оңлаў жумыслары алып барылып атырған “Инсан“ орайы имараты болды.
Соң районындағы “Мадина-Ҳаёт-мед“ жеке меншик клиникасында “үйде“ ҳәм “күндизги қатнаў“ хызметлерин жолға қойыў нийетин билдирген исбилермен сондай-ақ мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги күтим хызметин шөлкемлестириў нийетин билдирген “Happy-Indigo“ жекке меншик балалар бақшасы ийеси менен ушырасты ҳәм усынысларын тыңлады.
Соңдай-ақ Тақыятас районындағы спорт мектебинде шөлкемлестирилген адаптив спорт пенен шуғылланыў ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий