Алдын хабар бергенимиздей, 2025-жыл 24-28-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасының район ҳәм қалаларындағы “Инсан” социаллық хызметлер орайларында Социаллық қорғаў системасы хызметкерлериниң маманлығын арттырыў орайы тәрепинен семинар-тренинглер шөлкемлестирилди.
Бул илажларда супервайзерлерге тийкарғы ўазыйпалары, супервизия проcесиниң әҳмийетли тәреплери және социаллық жумыс тараўы бойынша теориялық билим ҳәм әмелий көнликпелер берилди.
Тренинг даўамында ҳәр қыйлы әмелий шынығыўлар, реал жағдайларды таллаў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў арқалы қатнасыўшылардың кәсиплик шеберлиги және де беккемленди. Өткерилген семинардан соң, қатнасыўшылар алған билим ҳәм тәжирийбелерин әмелиятқа қолланыў имканиятына ийе болды.
Илаж соңында семинар-тренинг қатнасыўшыларына сертификатлар тапсырылды. Бул болса олардың келешекте нәтийжели ислеўи ҳәм социаллық хызмет сапасын арттырыўға үлкен үлес қосады.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий