2025-жыл 7-март күни Нөкис қаласындағы Ақ Қуў комплекцинде “8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни” мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Байрам илажында елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның социаллық-экономикалық потенcиалын арттырыўға қосқан үлеслери ҳәм жас әўладты Ўатанға садықлық, улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери ушын бир топар ҳаял-қызлар мүнәсип сыйлықланды.
Сыйлықланғанлар арасында Хожели районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы мәҳәлледе социаллық хызметти шөлкемлестириў секторы бас қәнигеси (Супервайзер) Нурымбетова Гүлнара Қәдирбергеновна да бар.
Ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен “Ўатан пидайысы” көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмәәти ҳәм барлық кәсиплеслер атынан Гүлнара Нурымбетованы бүгинги жетискенлиги менен қутлықлап, алдағы жумысларында табыслар тилеймиз.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий