2025-жыл 3-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Ең үлгили социаллық хызметкер” ҳәм “Ең белсенд социаллық хызметкер ассистенти” таңлаўының 1-басқыш – Тест басқышына болып өтти.

Бунда Нөкис қаласы, Шымбай ҳәм Хожели районы мәҳәллелеринде искерлик алып барып атырған социаллық хызметкерлер ҳәм социаллық хызметкер ассистентлери тараў бойынша билимлерин сынаўдан өткерди.

Тест басқышында жетерли балл топлаған хызметкерлерге таңлаўдың кейинги басқышына жоллама берилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы