Қарақалпақстан Республикасында “Инсан” социаллық хызметлер орайы супервайзерлериниң жумысы үйренилди.
Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының тапсырмасына тийкарланып, “Инсан” социаллық хызметлер орайларының мәҳәлледе социаллық хызметти шөлкемлестириў секторында жумыс алып барып атырған супервайзерлердиң билим, көнликпе ҳәм маманлығын баҳалаў мақсетинде Агентлик тәрепинен исши топар дүзилген.
Тастыйықланған реже-график тийкарында 2025-жыл 17-март күни Қарақалпақстан Республикасы район ҳәм қалаларында усы орайлардың супервайзерлери жумысын үйрениў әмелге асырылды.
Үйрениў даўамында супервайзерлердиң тараў бойынша билимлери арнаўлы тест сынаўлары арқалы анықланды. Буннан соң, исши топар ағзалары олар менен сәўбет өткерип, мәҳәлледе социаллық хызмет көрсетиўдеги машқалалар, тәжирийбе ҳәм усыныслар бойынша пикир алысты.
Мақсет – мәҳәлледе социаллық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, нәтийжели жумыс усылларын енгизиў ҳәм супервайзерлердиң кәсиплик раўажланыўына жәрдемлесиў.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий