Нөкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайы тәрепинен әмелге асырылған жумыслар сын көз-қараста қарап шығылды.
Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров Нөкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайы тәрепинен алып барылып атырған жумысларға арналған мәжилис өткерди.
Мәжилисте орай сектор баслықлары, социаллық хызметкерлер ҳәм социаллық хызметкер ассистентлери қатнастып, онда социаллық тараўда алып барылған жумыслар талланды ҳәм жол қойылған қәте ҳәм кемшиликлер сын көз-карастан додаланды.
Сондай-ақ, пуқараларға көрсетилип атырған социаллық хызметлердиң сапасын арттырыў, системадағы кемшиликлерди сапластырыў бойынша усыныслар билдирилди ҳәм мәжилис соңында Социаллық қорғаўды күшейтиў ҳәм халыққа нәтийжели жәрдем бериў мақсетинде жумысларды жетилистириў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий