Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 29-март күни Қазақстан Республикасынан ата-ана қарамағынан айырылған 10 нан артық балалар Ташкент қаласына қайтарылған еди.

Усы балалардан 7 бала бүгин Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги хызметкерлери бақлаўында Нөкис қаласына алып келинди. Балалар жуўаплы министрлик ҳәм шөлкем хызметкерлери тәрепинен күтип алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Ишкм ишлер министрлиги жанындағы жас өспиримлерге социаллық-ҳуқықый жәрдем көрсетиў орайы ҳәм “Инсан” социаллық хызметлер орайлары тәрепинен 1 бала өзиниң анасына қайтарылған болса, қалған 6 бала “Шаңарақлық балалар үйи”не жайластырылды.

Буннан былай “Инсан” социаллық хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен балалардың жасаў шараяты, тәлим алыўы турақлы түрде қадағаланып барылады.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы