“Ең белсенди социаллық хызметкер” таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жуўмақланды. Кимлер жеңимпаз болды?
Алдын хабар бергенимиздей, 2 басқышта өткерилген таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышы жуўмақланып, жеңимпазлар анықланды ҳәм Республика басқышына жолламаны қолға киргизди. Жеңимпазлар менен танысың.
“Ең белсенди социаллық хызметкер” жөнелиси бойынша:
1-орын Қарманбаева Алия Бахыт қызы Шымбай районы “Гүлистан” мәҳәллеси социаллық хызметкери;
2-орын Давенов Камал Азатович Хожели районы “Мустақиллик” мәҳәллеси социаллық хызметкери;
3-орын Даўекеева Гулшийрин Имаматдиновна Қараөзек районы “Ғәрезсизлик гүзары” мәҳәллеси социаллық хызметкери.
“Ең белсенди социаллық хызметкер ассистенти” жөнелиси бойынша:
1-орын Оралбаева Маржангүл Жеңисбай қызы Кегейли районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы социаллық хызметкер ассистенти;
2-орын Төрениязова Гүлназ Қуўанышбаевна Тахтакөпир районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы социаллық хызметкер ассистенти;
3-орын Арсланова Мунаввара Умаровна Беруний районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы социаллық хызметкер ассистенти;
Жеңимпазларды қутлықлап, таңлаўдың Республика басқышында табыслар тилеймиз!
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы

Отправить комментарий
Отправить комментарий