Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 17-сентябрдеги 575-санлы “Социаллық қорғаў тараўындағы айырым медиcиналық-социаллық мәкемелердиң искерлигин тәртипке салыўшы режелерди тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарары, сондай-ақ, 2024-жыл 25-январдағы 46-санлы “Айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балалардың билим алыўын шөлкемлестириў ҳәм оларды реабилитаcиялаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

Семинар шеңберинде:

– “Мүриўбет” интернат үйлерине ҳүжжетлерди қабыллаў тәртиби;

Психологиялық-медиcиналық-педагогикалық комиссиялар (ПМПК) жумысы бойынша әмелий көрсетпелер ҳәм ҳуқықый нормалар кеңнен сәўлелендирилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Майыплығы болған шахсларға медиcиналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў басқармасының жуўапкер хызметкерлери Э. Лаврова ҳәм Д. Шорустамова, сондай-ақ, районлық ҳәм қалалық “Инсан” социаллық хызметлер орайларының операторлары қатнасты.

Семинар сораў-жуўап түринде, әмелий ҳәм пикирлесиў руўхында өтти. Қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы