Бүгинги күнде Кегейли районында 15466 шаңарақ болып, оларда 75362 пуқара жасайды. Ҳәзирги ўақытта социаллық қорғаўдың бирден-бир реестринде 1 074 шаңарақ дизимге алынған. Олардан 1 043 шаңарақ балалар напақасы, 31 шаңарақ материаллық жәрдем алып келмекте. Кәмбағаллық реестринде 1213 шаңарақ дизимде турады.
Инсан қәдири барлық нәрседен 6стин туратуғын елимизде ерисилип атырған табыслардың тийкарын Президентимиз айтып өткениндей, «Инсан қәдири ушын» принципи қурамақ-та. Дини, тили, расасы, миллети қандай болыўына қарамастан, елимизде жасаўшы ҳәр бир пуқараның ҳуқықы мәмлекет қорғаўында болып, олардың абырайы ҳәм қәдир-қымбатына қол қатылмаслығы, ҳеш нәрсе оларды кемситиў ушын тийкар болыўы м6мкин емеслиги Конституциямызда, нызамларымызда белгилеп берилген.
Мәмлекетимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында алып барылып атырған кең көлемли реформалар негизинде соңғы жылларда халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиў, мәмлекет тәрепинен пуқараларға социаллық хызмет көрсетиў көлеми ҳәм түрлерин кеңейтиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Соның ишинде, социаллық бағдарламаларды қаржыландырыў қәрежетлери w есеге артып, кем тәмийинленген напақа алыўшы шаңарақлардың қамтып алыныўы 2 есеге көбейди ҳәм майыплығы болған шахслар ҳәм балалардың күтими менен бәнт болғанлар ушын жаңа напақа түрлери енгизилди.
Жаңа редакциядағы Конституцияда да мийнетке жарамсыз ҳәм жалғыз кекселер, майыплығы болған шахслар және халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж басқа да категорияларының ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында екенлиги айрықша норма сыпатында белгилеп қойылды.
Президентимиздиң 2023-жыл 1-июньдеги «Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў және оны нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы менен мәмлекет тәрепинен халықты мәнзилли қорғаўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп берилди. Соның ишинде, комплексли қатнас тийкарында профессионал социаллық қорғаў системасын енгизиў, социаллық қорғаў системасының нәтийжелилигин ҳәм мәнзиллилигин арттырыў арқалы халықтың жәрдемге мүтәж қатламының социалласыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, социаллық қорғаўды мәҳәлле дәрежесине шекем шөлкемлестириў, аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған халыққа индивидуал қатнасқа муўапық, социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиўди жолға қойыўға айрықша итибар қаратылады.
Кегейли районы «Инсан» социаллық хызметлер орайы тәрепинен 16 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиўге айрықша итибар қаратылып, нәтийжели жумыслар алып барылмақта.
Е.МУХАМБЕТОВ,
Кегейли районы «Нурлы бостан» МПЖның социаллық хызметкери.
Дерек: «ЕРКИН ҚАРАҚАЛПАҚСТАН»
24-июнь 2025-жыл №75 (21253)

Отправить комментарий
Отправить комментарий