Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 11-март күнги «Өзгелер күтимине мүтәж шахсларға социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиўдиң сапасы жағынан жаңа системаны енгизиў ҳаққында»ғы 123-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, «Инсан» социаллақ хызметлер орайы тәрепинен 37 пуқара «жалғыз кексе» реестрине киргизилди. Реестрге алынған өзгелер күтимине мүтәж болған жалғыз, жалғыз жасаўшы кекселер ҳәм айыплығы болған пуқаралар ҳәр үш айдан қайта баҳалаўдан өткерилип, амбулатор, стационар ҳәм үй шараятында емленип келмекте. Сондай-ақ, район аймағындағы өзин-өзи басқарыў уйымлары, мекеме, кәрхана ҳәм қайырқомлық қорлары тәрепинен материаллық жәрдемлер көрсетип келинбекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-ноябрь күнги «Халыққа санаторияларда емлениў ушын жолламалар бериў тараўына информациялық технологияларды енгизиў ҳаққында»ғы 693-санлы қарарына тийкарланып, район аймағында жасап атырған жасы бойынша пенсионер ҳәм майыплығы болған 3 пуқара Ташкент қаласы «Нураный» санаториясына, 4 пуқара Ташкент қаласы «Табақсай» санаториясына, 1 пуқара Үргениш қаласы «Үргениш» санаториясына, 24 пуқара «Тақыятас» санаториясына бийпул жоллама алып, денсаўлықларын тиклеп қайтты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 8-май күнги «Өзгелер күтимине мүтәж пуқараларға социаллық хызметлер көрсетиў көлемин кеңейтиў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-171-санлы қарары ҳәм Өзбекствн Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 18-июнь күнги «Өзгелер күтимине мүтәж пуқараларға ваучер тийкарында жаңа социаллық хызметлерден пайдаланыў тәртибин енгизиў ис-илажлары ҳаққында»ғы 376-анлы қарарына тийкарланып жаңа хызметкерлер иске түсирилди.

Атап айтқанда:

– Үй шәраятында социаллық-турмыслық жәрдем көрсетиў хызмети;

– Үй шәраятында қарап турыў хызметы;

– Медициналық-социаллық хызмет көрсетиў;

– Күндизги қатнаў тийкарында қарап турыў хызмети;

– Жеке жәрдемши хызметлери көрсетилиўи белгиленген;

Бүгинги күнде жаңа хызметлер бойынша «Өзбекстан» МПЖ да жайласқан «ORAZBAY-ATA MED-KLINIKA» ЖШЖ ҳәм «Juwsan» ЖШЖ тәрепинен пуқараларға хызмет көрсетиў жолға қойылды ҳәм хызмет түрлери бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 376-санлы қарарында көрсетилген ваучерлер тийкарында қаржылар төлениўи нәзерде тутылған.

Соның менен бирге, мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларына бириктирилген социаллық хызметлер тәрепинен өзгелер күтимине мүтәж болған пуқараларды анықлаў ҳәм оларға социаллық көрсетиў жумыслары алып барылмақта.

Расул МАҚСЕТБАЕВ,
«Инсан» социаллақ хызметлер орайының сектор баслығы.

Дерек: “Taxtakòpir tańı” №13-14 (6138-6139)