Өзбекстан Респуликасы Президентиниң 2023-жыл 1-июнь күнги «Халыққа социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў және оның нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплекс илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы менен Социаллық қорғаў агентлиги өз жумысын басланғаннан соң халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетке интерграциялаў мақсетинде бир қанша жаңаша жантасыў ҳәм усыллар арқалы шөлкемлестириў бойынша жаңа механизмлер әмелиятқа нәтийжели енгизилип келмекте.

Халықтың социаллық қорғаўға мүтәжлиги бар қатламын мәзинли қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық жәрдем көрсетиў, олардың турмыс шариятын жақсылаў ҳәм жәмийетке толық интерграциялаў мақсетинде жаңа нәтийжели система – «Инсан» социаллық хызметлер орайлары ҳәм мәҳәлле комплекс хызмет көрсетиўши социаллық хызметкерлер жумысының жолға қойыўы нәтийжесинде инсан қәдирин көтермелеў, хеш кимди тибардан шетте қалдырмаў тийкарында системалы жумыслар алып барылмақта.

Бүгинги күнде «Инсан» социаллық хызметлер орайлары ҳәм де мәҳәлледе комплекс хызмет көрсетиўши социаллық хызметкерлер тәрепинен 110ға жақын хызметлер ҳәм жәрдем түрлери көрсетилмеккте.

Бул хызмет ҳәм жәрдемлерди көрсетиўде мәҳәлледе комплекс хызмет көрсетиўин социаллық хызметкерлер искерлиги айрықша әҳмийетке ийе болады. Социаллық хызметкерлер – социалық жақтан қорғаў системасының “ең төменги буўыны” есапланып, олар халыққа үйме-үй жүрип, жəрдем көрсетиў тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып табылады. Бул арқалы мүтәжлиги бар шахсларды анықлаў, мəҳелле дəрежесинде хызмет көрсетиў арқалы «Инсан» орайы ҳəм мəҳелледеги халық арасында көпир ўазыйпасын атқарып атыр.

Социаллық қорғаўға мүтəж болған халық қатламының ҳəр бир мүрәжаты мəҳелле дəрежесинде социаллық хызметкер тəрепинен кейс-менежмент (социаллық ис) тийкарында үйренилинип, шахс ҳəм шаңарақта белгиленген сораўлар тийкарында баҳалаўлар өткериледи. Баҳалаў жуўмағында шахс ҳəм шаңараққа тийисли индивидуал хызмет ҳəм жəрдемлер режеси ислеп шығылып, социаллық хызметкер тəрепинен хызмет ҳəм жəрдемлердиң көрсетилиўи жолға қойылады. Бунда социаллық хызметкер мəҳелле жетилиги ҳəм бирге ислесиўши шөлкемлерди машқала ҳəм мүтәжликтиң шешимин табыўда (реферал жəрдемлерди бəғдарлаў арқалы) жумыслар шѳлкемлестириледи.

Социаллық тараўдың қурамалы дүзилиў ҳəм жаңаланыўлардан ибарат болғанлығы себепли социаллық хызметкерлердиң кəсиплик маманлығын турақлы арттырып барыў бойынша Социаллық қорғаў агентлиги жанында шөлкемлестирилген социаллық қорғаў системасы хызметкерлериниң маманлығын арттырыў орайы тəрепинен онлайн формада “E-learning” платформасына жайластырылған оқыў бағдарламалары арқалы хызметкерлердиң билим потенциалы арттырылып барылып атырған болса, «Инсан» социаллық хызметлер орайында енгизилген супервайзерлар лаўазымында искерлик алып баратуғын хызметкерлер тəрепинен социаллық хызметкерлердиң билим көнликпесин беккемлеўде индивидуал ҳəм топарлық жантасыўлар тийкарында беккемленип барыў бойынша тренинг ҳəм супервизияларды түрли усылларда, яғный, талапнама, гүзетиў ҳəм режелестирилген сыртқы көринислерде өткерилип баралады.

Бунда метод күнлериң, тренинг ҳəм супервизиялардың, мəҳелле дəрежесинде турып социаллық хызметкерлердиң искерлигин тиккелей бақлаў ҳəм əмелий социаллық хызметкер ретинде шаңараққа кирип үйретиўге шекем болған процесстен гөзленген мақсет – социаллық тараўда қабыл етилип атырған норматив ҳуқықый ҳүжжетлер менен таныстырыў арқалы ҳуқықый саўатханлығын арттырып барыў, социаллық қорғаўға мүтəж шахсларға социаллық хызмет ҳəм жəрдемлерди сапалы көрсетилиўин шөлкемлестириў, мəмлекет тəрепинен кепилленген хызмет ҳəм жəрдемлер ҳаққында, соның менен бирге, халықтың усы хызметлерди алыўға болған ҳуқықлары бойынша мағлыўматларды туўры жеткериў, социаллық қорғаўға мүтəж шахсларды үйрениў процессинде мүтәжлик ҳəм күшли тəреплерди анықлаў ҳəм дурыс баҳалаў, индивидуал хызмет ҳəм жәрдемлер режесин дурыс дүзиўде билимге болған мүтәжликлерин толтырып барыўдан ибарат. Бул болса социал қорғаўға мүтəж инсанның ҳақыйқый мүтәжликлерин түсиниў ҳəм сапластырыўға қаратылған кең қамтылған жантасыўды билдиреди.

Гүлнара НУРИБЕТОВА,
Хожели районы «Инсан» социаллық
хызметлер орайы бас қәнигеси, супервайзер.

Дерек: «ЕРКИН ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» 27-СЕНТЯБРЬ 2025-жыл №99 (21277)