Мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳуқықый сана ҳәм қәўипсизлик мәдениятын қәлиплестириў бойынша ҳуқықый ағартыўшылық илажлар ҳәм ушырасыўларды кеңейтиў, майыплығы болған шахслардың ҳуқықый билим ҳәм сана-сезимлерин буннан былай да қәлиплестириў, қәўипсизлигин ҳәм халқымыздың тынышлығын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасының «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Нызамының мазмун-мәниси» атамасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.
Семинар-тренинг темасы майыплығы болған шахсларды социаллық қоллап-қуўатлаў түрлери, БМШның «Майыплар ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция»ның мазмуны ҳәм пуқараларды айрықша жағдайларда дурыс ҳәрекет етиўге үйретиў тәртиби ҳаққындағы тийкарғы билимлерди иелеўи, әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққындағы түсиниклерди үгит-нәсиятлаў ҳәм олардан дурыс пайдаланыў ҳуқықый ҳәм қәўипсизлик саўатлылығын арттырыў ҳәм майыплығы болған шахслар ушын шығарылған нызамшылықтағы жаңа қарар ҳәм пәрманлар менен кеңирек таныстырылды.
– Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен майыплығы болған шахсларды социаллық қорғаў ҳәм олардың ҳуқықларын кепиллеўге байланыслы бир қатар мәселелер Нызам ҳәм Конвенция дәрежесинде қәдирлеген журтта инсан мәплерин тәмийинлеў бойынша көплеген имканиятлардың жаратылыўы ҳәм айрықша жағдайларда халықты руўхый таярлаў бойынша мағлыўматларға ийе болдым, – дейди О.Абдалова.
Илаж даўамында майыплығы болған шахслар ҳәм олардың ата-аналары темаға байланыслы пикир-усыныслар билдирилди. Ҳуқық-қорғаў ҳәм қәўипсизлик ҳаққындағы улыўма қағыйдаларды әмелде қолланыў ҳаққында өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Нөкис қалалық «Инсан» социаллық хызметлер орайы, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы жанындағы «Өмир қәўипсизлигин арттырыў» оқыў орайы ҳәм Өзбекстан Майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими Нөкис қалалық бөлими тәрепинен шөлкемлестирилди.
Саламат АВЕЗОВ,
Өзбекстан Майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан
Республикасы аймақлық бөлими қәнигеси.
Дерек: «Қарақалпақстан жаслары»
2-октябрь, 2025-жыл. №37-38 (8361)

Отправить комментарий
Отправить комментарий