Өзбекистан Республикасы Конституциясында мәмлекетимиз социаллық мәмлекет екени айрықша атап өтилген. Бул, ен дәслеп ҳәр бир пуқараның, соның ишинде, майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары менен имканиятларын қорғаў, олар ушын мүнәсип шараят жаратыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екенин анлатады.
Сонғы жылларда мәмлекетимизде социаллық қорғаў системасы түп-тийкарынан реформаланды. Президентимиздиң басламасы менен инсан қәдирин улықлаў, халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, майыплығы болған балалар ушын барлық тараўларда, әсиресе, билимлендириў системасында кең имканиятлар жаратылмақта.
Инклюзив тәлим – жәмийетке қосылыў гилти
Инклюзив билимлендириў системасы майыплығы болған балалардың басқа теңслери қатарында улыўма билимлендириў процесинде қатнасыўын тәмийинлейди. Бул тек ғана билимлендириўде теңлик емес, ал олардың жәмийетке бейимлесиўи, социалласыўы ҳәм келешекте еркин турмыс кешириў имканиятын да кеңейтеди.
Қарақалпақстан Республикасында бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде жәми 118 мектепте 208 инклюзив класслар шөлкемлестирилген. Бул классларда 261 майыплығы болған бала өз теңлеслери менен бирге билим алмақта.
Балалар билимлендириўге Социаллық қорғаў миллий агентлигинин Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанындағы Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссия (ПТПК) жүўмағы тийкарында жоллама арқалы қабыл етиледи. Комиссия баланың руўхый, физикалық ҳәм интеллектуаллық жағдайын үйренип, оның имканиятларына сәйкес билимлендириў формасын белгилейди.
Бир өмирдеги өзгерис үлгиси
Инклюзив билимлендириўдиң турмыслық әҳмийетін Нөкис қаласында жасайтуғын 10 жасар Пурханатдинов Сыражатдинниң мысалында да айқын көриў мүмкин.
Сыражатдин 2015-жылы туўылған. Ол 7 жасқа шекем Нөкис қаласындағы «Имкан» реабилитация орайына иӣе көп тармақлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияланған. Кейинирек, 7-8 жасында узақ ўақыт емленгени себепли мектепке бармаған.
2024-2025-оқыў жылынан Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссия (ПТПК) жүўмағына тийкарланып Нөкис қаласындағы 51-санлы уlıўма билим бериў мектебинин 2-класында инклюзив билимлендириў тийкарында оқыўды баслады.
Таяныш-ҳәрекет ағзаларында нуқсаны болыўына қарамастан, Сыражатдин өз қатарлары менен бирге оқыды, үйрениўди ҳәм жана дослар арттырыўды оғада жақсы көреди. Оның муаллимлериниң атап өтинишине, бала жүдә белсенди, оқыўға қызығыўшан ҳәм жәмийетке бейимлесип атыр.
«Сыражатдин мектепке келгеннен кейин өзгерди. Бурын ол тартыншақ еди, ҳәзир болса класста ен белсенди оқыўшы, қосық ядлайды, сүўрет салады. Оның көзлеринде исеним пайда болған,» – дейди оның класс басшысы.
Сыражатдиннин өзи болса Президент пенен ушырасып, оған миннетдаршылығын айтыўды арман едиди. «Мен жақсы оқып, үлкен адам боламан. Президентке рахмет айтаман, себеби ол маған оқыў имканиятын берген,» – дейди ол шын жүректен күлимсиреп.
Бундай балалардың әрманы, умтылысы ҳәм жәмийеттельностиң белсендилиги инклюзив билимлендириўдиң хақыйқый нәтийжесин көрсетеди.
Инклюзив орталық – ҳәммени бирлестиретуғын мәкан
Инклюзив билимлендириў бугин жәмийеттин руўхыйраўажланыўының сәўлендиреди. Ҳәр бир бала қандай жағдайда болыўына қарамастан, билим алыў, дос арттырыў ҳәм өз қабилетин көрсетиў ҳуқықына ийе.
Мәмлекетимиз тәрепинен билимлендириў мәкемелеринде айрықша шараятлар жаратылмақта: пандуслар, арнаўлы үскенелер, индивидуалий оқыў режелери, логопед ҳәм дефектологлардың хызметкeри жолға қойылмақта.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги ҳәм жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте бул бағдарларда жумыслар ислеп даўам еттирилмекте.
Жўўмақ
Инклюзив билимлендириў – тек ғана майыплығы болған балаларды мектепке жайластырыў емес, ал жәмийеттин санасын өзгертиў процеси болып есапланады. Ҳәр бир балаға меҳр менен қатнаста болыў, оның қабилетине исениў ҳәм имканият жаратыў – ҳақыйқый инсаныйлық белгиси болып есапланады.
Бундай басламалар себепли Қарақалпақстан Республикасында да жүзлеген балалардың турмысында унамлы өзгерислер жүз бермекте. Олар жәмийеттиң белсенди ағзалары сыпатында өсип атыр – бул болса мәмлекетимиздеги социаллық реформалардың ен үлкен жетискенлиги болып есапланады.
Гулсара АБИБУЛЛАЕВА,
Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы
Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҚР басқармасы бас қанигеси.
Дерек: Пайтахт 2025-жыл 30-октябрь
№29-30 (1435-1436)

Отправить комментарий
Отправить комментарий